Сурхандәрьяды Тўра Чориев пенен өзбек миллий гүреси ҳаққында узақ сәўбетлестик. Дурыс, ол еле жас палўан, гүрес болса оның балалығы, бүгини ҳәм айдын келешекке жетелеўши мисли маяктай жолын жақтыландырмақта. Қаҳарманымыз гүрес ҳаққында айтып, көзлери жанып: «Бул ойында тек ғана «ҲАЛАЛ» ҳәм «ҒӘРРЕМ» бар. Гүрес ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған ең баҳалы миллий қәдириятлардан деп билемен. Өзбекстанды дүньяға танытып атырған спорт та өзимиздиң миллий гүресимиз екени маған шексиз мақтаныш ҳәм бахыт бағышлайды».
Тўраның сөзлерин тыңлап, қәлбиңиз мақтанышқа толады. Ол өмирин гүреске бағышлаған жас палўанлардан. Ҳәзирги ўақытта Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлерден биринде мүддетли әскерий хызметти өтеў, Ўатан қорғаўшысы болыў менен бирге спорттың миллий гүрес түрин кеңнен ен жайдырыўда, Арқа-батыс әскерий округи ҳәм әскерий бөлими атын жоқарыларға көтериўде жанкүйерлик көрсетпекте.
«Ўатаным Шерабадтан басланады»:
– Шерабадта, Кўҳтанг таўларының сулыў қушағында ержеткенмен. Районымыз узақ мың әсирлик тарийхқа ийе. Әжелердиң рәўаятларына бола, Шерабад-Қоңырат туқымы ҳүкимдарларынан бири Шер Әлийдиң исми менен байланыслы екен. Әййемги қала болыўына қарамастан, бүгин районымыз гөззал тәбият көринислерине бай заманагөй көриниске келмекте. Сурхандәрьялылар арасында жүдә көп дөретиўшилер жетилисип шыққан. Белгили художник Рўзи Чориев та шерабадлы. Егер районымызға барыў имканиятыңыз болмаса, художниктиң Шерабадқа бағышланған шығармаларын тамаша етиң, аўыл турмысынан алынған көринислер, рәңбәрең колориттен заўықланыўыңыз, сөзсиз.
«Ўатан не?», десе ҳеш екиленбей, «Шерабад»-деймен. Мениңше, ҳәр бир инсан қай жерге бармасын, әлбетте, туўылып өскен мәканын жүдә тез сағынады. Мен де аўылымды жүдә-жүдә сағындым.
«Тойда гүрес түсип шыққанман»:
Әкем Шоди Норқочқаров шебер палўан. Шаңарақта төрт улмыз, үш аға-инили әкемиздиң изинен кеттик. Биз тәреплерде адамлар той-зыяпатларда жақсы нийет пенен тарийхый үрп-әдет ҳәм дәстүрлер тийкарында гүрес, ылақ сыяқлы миллий жарысларды шөлкемлестиреди. Сыйлыққа, әлбетте, жанлық қойылады. Балалығым қызғын гүреслерде өтти. Тойларда гүреске түскенлерди көрип, шынықтым. Өзимди де бундай жарысларда сынап көрдим. 13 жасқа толғанымда әкем мени Термизолимпия резервлери қәнигелестирилген мектеп-интернатына оқыўға жайластырды. Мине, усыннан кейин гүрес пенен айрықша шуғыллана басладым. Ең биринши устазым әкем болса, интернатта Ҳасан Сапаровтан гүрес сырларын үйрендим. Елимиздиң белгили палўанлары Муҳсин Ихсамиддинов, Муҳаммадкарим Хуррамов, Бекмурод Олтибоевларға ҳәўес етемен, олардан гүрестиң әпсанаўий палўанларынан болыўды нийет еткенмен. Дурыс, еле дүнья аренасын пүткиллей ийелегенимше жоқ. Мақсетим гүрестиң артынан Өзбекстанымыз байрағын дүньяға танытыўда мүнәсип үлес қосыў.
Гүрес спорттың бир түри, әййемнен мийрас болып киятырған миллий қәдирият саналып, ҳадаллық, пәкликке үйретеди. Саламат турмыс тәризин әдет етиўге ийтермелейди. Бул спорт түри негизинде миллий руўх, уллы қәдириятларымыз, ата-бабаларымыздың мәртлиги ҳәм жигерлилиги жәмленген. Қараң, ҳәттеки кийимимизде де байрағымыздың реңлери сәўлеленбекте. Шапанымыздағы «жасыл рең» – күш-қүдирет белгиси, белимиздеги белбеў «қызыл» реңде, яғный тамырларымызда уллы ата-бабаларымыздың қаны ағып атырғанынан дәрек береди. «Ақ рең» ҳадаллық тымсалы. Жақында және бир хабарды еситтим, гүрес 2028-жылы болып өтетуғын Олимпиада ойынларының бағдарламасына киргизилиўи режелестирилип атырған екен. Оннан оғада қуўанышлыман. Бул жаңалық палўанлар ушын пүткил дүнья спорт аренасына жаңа есиклерди ашып береди, деп ойлайман.
Армия мени қайта шыңландырды
Интернатты тамамлағанымнан кейин жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға кире алмадым. Усы жыллар ишинде гүрес пенен шуғылланып жүрдим, ҳәр қыйлы жарысларда қатнастым. Шаңарақта генжетайы емеспен бе, еркелигим бар, сөзимди өткергим келеди. Бир күни ағам менен сөйлесип отырсақ, жаслығы ҳаққында айтып берди. Ағамның жаслық жыллары Аўғанстандағы жаўынгерлик ҳәрекетлерге қатнасы ҳаққындағы еслеўлери менен қалған екен. Тек ғана еки жыллық хызмет, бирақ мине, неше жыл өтседе, аянышлы жыллар болып қәлбинде мөрленип қалған. Ол күнлерди еслеўди қәлемейди, умыта алмайды да. Сол саўашлар ҳаққында ҳеш айтпайтуғын еди, бирақ маған бул ҳаққында айтып берди. «Енди жас емессең, үлкен жигит болып қалдың. Сен гүлди басып жүрипсең, биз қан кештик ўақтында»,-деди ағам терең дем алып. «Армияға бар, қуралды көр, Ўатанды қорға. Жаслығыңды бийкар өткерме!»-деп нәсият берди.
Ағамның бул сөзлеринен кейин армияға атландым. Үстиме әскерий форма кийген күним ағам көзлерине жас алып, қолларын пәтияға ашып, гүреске түсиўимнен алдын айтатуғын сөзлерин тәкирарлады: «Тек ғана алға бас! Арқаңда мен барман. Пикир-қыялың – Ўатанды қорғаў менен бәнт болсын. Жүзимизди жарқын ет!»
Поезд бизди арқаға асығып алып кетти. Нөкис қаласынан әдеўир алысырақ райондағы әскерий бөлимде хызметимди басладым. Әскерий форма кийип жүриўдиң өзинше бир гәшти бар екен, тап аттың үстинде адам өзин қаншелли қорықпас, күшли сезсе, формада да тап сондай саўлат болатуғын екен. Постта турдым, нәўбетшиликти өтедим. Дене шынығыўларға кирисиў қыйын болмады. Кейинирек спорт взводында гүрес бойынша өз үстимде шуғылланыў имканияты берилди. Бул арада Қарақалпақстан Республикасы көлеминде «Прокурор кубоги» ушын өткен спорт жарысында қатнасып, мақтанышлы биринши орынды ийеледим. Бул мениң армия турмысындағы биринши үлкен жеңисим болды. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамына бағышлап, 17-18-август күнлери Хийўа қаласындағы Ийшанқала комплексинде Қураллы Күшлер күш структуралары арасында қорғаныў министри кубоги ушын гүрес спорт түри бойынша жарыс өткерилген еди. Бул жарыста да қатнасып, минбердиң 3-текшесинен орын алдым.
Елимиздиң атақлы палўаны Ораз ата Балтабаевтың естелигине бағышлап гүрес бойынша өткерилген Қарақалпақстан Республикасы ашық турниринде сәл әўметим келмеди ҳәм 2-орын менен жарысты жуўмақладым. Жақында Нөкис қаласында болып өткен Өзбекстан чемпионаты сайлап алыў басқышында 1-орын менен гезектеги басқышқа жоллама алдым. Усы жылдың декабрь айында Ташкент қаласында жарыстың жуўмақлаўшы басқышы өткерилиўи режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта жарысқа қызғын таярлық көрип атырман. Әскерий округ сәркардалығы тәрепинен өз үстимде ислеўим ушын барлық шараятлар жаратып берилген. Ҳәм ең тийкарғысы, олар жеңимпаз болыўыма исеним билдирмекте. Исеним, қоллап-қуўатлаў инсанды және де күшли болыўға ийтермелеп, табысқа жетелейди екен. Бир сөз бенен айтқанда, әскерий хызмет мени қайтадан ашты’ Округ спорт взводы баслығы капитан Соҳиб Олимов маған тренерлик етпекте, бул жетискенликлеримде ол инсанның жүдә үлкен үлеси бар.
Ўатаныма садықлық пенен хызмет етемен!
Елимизде жаслар ушын имканиятлар есиги ашық. Бул имканият ҳәм жеңилликлерге ерисиў жолы ҳәрекет ҳәм билим екен. Армияға келгенимнен ҳеш те өкинбеймен, гүрес мени күшли етип тәрбиялаған болса, әскерий хызмет өзиме болған исенимниң артыўына және де жуўапкершилик пенен белгиленген ўазыйпаны орынлаўға, тәртипли болыўға үйретти. Ағамның «Артыңда мен турыппан» деген сөз негизинде үлкен бир мәнини билдиретуғынын хызмет даўамында түсинип жеттим. Ақыры мени сүйеп турған әкем барғо, деп өзимди бос қойыўым керек емес екенлигин түсиндим. Исенимди ақлаў керек екенлигин түсиндим. Әжағам ишки ислер министрлигиниң арнаўлы күшлеринде контракт тийкарында хызмет етеди. Әскерий хызметтен соң мен де бул бағдарда хызметимди даўам еттириўди, әскерий спортты раўажландырыўды нийет етип атырман. Әскерий хызметти спортсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Шебер палўанлар менен дөгерек қурып, сәўбетлескен ўақытларымыз, олар Әмир Темурды шебер шабандоз, шахмат ойыны устасы сыпатында тәрийплеп, әскерлери арасында гүрес жарысларын шөлкемлестирип турғаны ҳаққында өз алдына айтып беретуғын еди. Әсирлер өтти, бүгин қүдиретли армия қатарларында хызмет етип атырмыз. Көпшилик заманагөй спорт түрлери менен шуғылланады деп ойлайтуғын екенмен. Бул жерге келип, алжасқанымды билдим. Миллий гүрес бойынша әскерлеримиз әдеўир палўанларды жеңетуғын екен. Армияда миллий гүрес спорт түрине үлкен итибар берилетуғынын усы жерге келип көрдим.
Гүрес дүньясын сурхандәрьялы палўанларсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Әпиўайы әскер Тўра Чориев, мине, усы палўанлардан бири, Алпамыстың ҳақыйқый әўлады. Оның менен болған сәўбетимиз даўамында гүрес сырлары менен жақыннан танысыўға мияссар болдық.
Тўраға келешекте әўмет ҳәм табыслар тилеп қаламыз. Арқасы жерге тиймеген палўанлар қатарында болсын ҳәмийше!
Шоҳиста Абдураҳмонова,
Арқа-батыс әскерий округ баспасөз хызмети.
Қарақалпақстан хабар агентлиги