Түркияның Анталия қаласында қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша жаслар арасында жәҳән кубогиниң гезектеги басқышы өткерилди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан ерлер арасында Ислам Абдазов ҳәм Азизбек Дәўлетназаров, қызлар командасы қурамында болса, Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова, Наргиза Жақсыбаевалар алтын медальларды қолға киргизиўге миясар болды.
Жәҳән кубогиниң финаллық беллесиўлеринде жигитлеримиз Түркияны 45:44, қызларымыз болса, италиялы жасларды 45:37 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Сондай-ақ, жеккелик беллесиўлеринде Өзбекстан сайланды командасы ағзаларынан Фернанда Эррера ҳәм Азизбек Дәўлетназаровлар қола медалын жеңип алды.
-Қызым Гүлистан бул жарыстың жеккелик беллесиўлеринде шерек финалға шекем жетип барды,- дейди спортшының анасы Тамара апа Машарипова.- Сонлықтан командалық беллесиўлерде ол жеңимпаз болыў ушын өзиниң бар күш-жигерин жумсады ҳәм чемпионлықты қолға киргизди. Олардың бул жетискенликлери биринши гезекте, бизлерди шексиз қуўанышқа бөледи. Алдағы ўақытлары командамыз ағзаларының бундай үлкен табысларды көбирек қолға киргизиўине шын кеўилден тилеклеслик билдирип, олардың Париж-2024 Олимпиадасында елимиздиң байрағын жоқарыларға көтериўине исенип қаламан. Табыслар көз айдын әзиз жанларым!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.