Армения пайтахты Ереван қаласында бокс бойынша жас өспиримлер арасында жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 4 қола медалын қолға киргизип, 51 мәмлекет арасында улыўма командалық есапта үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Чемпионатта биринши орынды 7 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 қола медаль менен Россия сайланды командасы, екинши орынды 4 алтын, 5 гүмис ҳәм 1 қола медалы менен армениялы жас боксшилер ийелеўге еристи.

4 алтын ҳәм 6 қола медалын қолға киргизген Қазақстан сайланды командасы болса, улыўма командалық есапта төртинши орынға ылайық деп табылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.