Жүк тасыў көп жыллардан берли глобал климат күн тәртибинен шетте қалып киятырған мәселе есапланады. Эмиссия, дердик авиация сыяқлы кең көлемли болыўына қарамастан, пүткиллей тәртипке салынбайды- глобал шығындының 3 проценти жәми жүк тасыў процесине туўра келеди.

Өткен жазда Европа Аўқамы ҳаўа эмиссиясын 2050-жылға шекем 80 процентке азайтыў, соның менен бирге, жүк тасыўды да қысқартыў усынысын киргизди. Өзгериўшең жүк тасыў санаатына басым жаңа жанылғы түрлерин излеўди талап етпекте.

“AзерТAЖ”дың хабар бериўинше, Швецияның “Liquid Wind” компаниясы усы тараўға инвестиция киргизип, мәмлекеттиң арқа аймағындағы Эрншёльдсвик қаласында кемелер ушын электрон жанылғы шығаратуғын завод қурыўды режелестирмекте.

Жойбарға Билл Гейтс қосылды. Америкалы исбилерменниң ири қоры – “Breakthrough Energy” идеяның 15 процентин сатып алып, климат кризисин шешиў ушын технологияға инвестиция киргизетуғынын жәриялады. Арнаўлы технология тийкарында метанол ислеп шығарыў ушын когенерация заводында алынған электр энергиясы, суў ҳәм карбонат ангридридти бирлестирип, теңиз жанылғысы сыпатында пайдаланыў мүмкин. Режеге бола, “Breakthrough” заводы усы он жыллықтың орталарында теңиз жанылғысын ислеп шығара баслайды.

Швецияның арқа тәрепи усы тараў ушын Европадағы ең жақсы орынлардан бири, себеби, дерлик жүз процент таза электр энергиясына ийе.

– Маған бул жойбарлар унайды, – дейди Билл Гейтс Дубайдағы “CОP28” климат саммитинде. – Жүк тасыў тараўы шығындыдан азат болыўы жүдә қыйын ҳәм оғада көп эмиссия пайда етеди.

ӨзА