Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының В, С ҳәм Д топарларында ең соңғы тур ойынлары болып өтти.
Ҳиндстанның Мумбай қаласында өткерилген ойында Наманганның «Навбаҳор» клубы жергиликли «Мумбай Сити» командасы мийманы болып, 1:2 есабында жеңиске еристи. Ушырасыўдың 16-минутында «Мумбай Сити» футболшысы Эл Ҳаяти есапты ашқан болса, 29-минутта Жамшид Искандеров төреши тәрепинен белгиленген жәрийма тобын әжайып түрде Ҳиндстан клубы дәрўазасына жоллаўға миясар болды.
Ал, биринши таймға қосып берилген минутларда Йован Жокич тәрепинен урылған гол, Самвел Бабаян басшылығындағы команданың топарда 13 упай менен келеси басқышқа шығыўын тәмийинледи.
Өзиниң әжайып ойынлары менен футбол жанкүйерлериниң кеўлинен жыллы орын ийелеп киятырған Қаршының «Насаф» клубы Қатардың «Ас-Садд» командасы мийманы болып, олар менен теңбе-тең ойнаўға еристи.
Атап айтатуғын болсақ, ушырасыўдың 6-минутында «Ас-Садд» футболшысы Матеус Урибе Абдувоҳид Неъматов қорғап атырған дәрўазаны анық нышанға алған болса, 83-90-минутларда «Насаф»тың грузиялы легионери Жамбули Жигаури еки мәрте Қатар клубы дәрўазасына гол урыўға миясар болды.
Ойын төрешиси тәрепинен қосып берилген минутларда болса, «Ас-Садд» арадағы есапты теңлестириўге еристи ҳәм Рўзиқул Бердиев шәкиртлери 11 упай менен топар жетекшиси сыпатында кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Ал, Миржалол Қосимов басшылығындағы «ОКМК» клубы болса, бул турда да «Эйр-Форс» командасына 3:2 есабында жеңилип қалып, өз топарында ең соңғы орында қалды.
Чемпионлар лигасының А топарында ойнап атырған Ташкенттиң «Пахтакор» клубы бүгин «Ал-Файха» командасын өз майданында қабыллайды. Егер, Максим Шацких шәкиртлери бул турда жеңиске ериссе, оларда да келеси басқышқа шығыў имканияты пайда болады. Ҳәзирги ўақытта «Пахтакор» клубы 7 упай менен өз топарында 2-орынды ийелеп келмекте. «Ал-Файха» клубы есабында болса, 6 упай бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.