Пүткил жер жүзилик таэквондо ассоциациясы 3-декабрь күни өзиниң жаңаланған рейтингин жәриялады.

Онда усы рейтинг жуўмағына бола, күшли бесликке кирген  спортшыларға Париж Олимпиадасы ушын лицензиялар берилди.

Бул спортшылар қатарында Өзбекстан сайланды командасының еки спортшысы бар. Атап айтқанда -68 кг салмақта жарысларға қатнасып жүрген Улуғбек Рашитов ҳәм +67 кг да Светлана Осиповалар Олимпиада жолламасына ийе болды.

Улуғбек Рашитов өз салмағы бойынша дүньяда 1-орынды ийелеп турған болса, Светлана Осипова 7-орынға ылайық деп табылған. Бирақ, Светлананың салмақ категориясы бойынша жоқары орынларда Түркия ҳәм Уллы Британиядан еки спортшыдан болғаны ушын Осипова бесинши лицензия ийесине айланды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Олимпиадада бир салмақ бойынша ҳәр бир мәмлекеттен бир спортшы қатнасыўы мүмкин.

Өзбекстан спорт делегациясының Париж Олимпиадасы ушын лицензиялар саны 17 ге жетти ҳәм бул көрсеткиш еле де жақсыланыўы күтилмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.