25-31-декабрь күнлери Самарқанд қаласында шахматтың рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша жәҳән чемпионаты өткериледи.

Конгресс-орай кирип киятырған жылдың ең тийкарғы шахмат жарысында қатнасыўды қәлеген шахматшылар, ФИДЕ системасындағы басшылар, төрешилерди дизимнен өткериўди 11-декабрьге шекем созды. Бес күнлик жәҳән чемпионаты дүньяның ең күшли гроссмейстерлерин гөззал ҳәм ҳәр қашан нәўқыран Самарқанд қаласында жәмлейди.

Итибарлысы сонда, Самарқандқа блиц ҳәм рапид бойынша әмелдеги жәҳән чемпионы, норвегиялы белгили шахматшы Магнус Карлсен да келеди. Сондай-ақ, Гукеш Доммараджу (Ҳиндстан), Винсент Кеймер (Германия), Шахрияр Мамедияров (Әзербайжан), Ян-Кшиштоф Дуда (Польша), Ю Янги (Қытай), Левон Аронян (АҚШ), Максим Вашье-Лаграв (Франция), Даниил Дубов (Россия) сыяқлы бурынғы жәҳән чемпионлары да Өзбекстанға келетуғынын тастыйықлаған.

Илажлар дизими:

25-декабрь — Жәҳән чемпионатының ашылыў мәресими

26-28 декабрь — Рапид бойынша турнир

29-30 декабрь — Блиц бойынша турнир ҳәм жабылыў мәресими

Самарқанд қаласында өткерилетуғын Жәҳән чемпионатының улыўма утыс пулы 1 миллион АҚШ долларын қурайды. Улыўма суммадан 700 000 доллары ер балалар, 300 000 доллары болса ҳаял-қызлар арасындағы жарыс жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелери арасында утыс пулы ретинде теңдей бөлистириледи.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги