Германияның Гамбург қаласында футбол бойынша Евро—2024 жарысына шек таслаў мәресими болып өтти.

Оған бола, сайланды командалар 6 топарға бөлинип, келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара ойынлар өткереди. Сизиң нәзериңизге командалардың жайласыў тәртибин усынамыз:

А топары:

         Германия

  • Шотландия
  • Венгрия
  • Швейцария

B топары:

  • Испания
  • Хорватия
  • Италия
  • Албания

C топары:

  • Словения
  • Дания
  • Сербия
  • Англия

D топары:

  • А жолламасы жеңимпазы
  • Нидерландия
  • Австрия
  • Франция

E топары:

  • Бельгия
  • Словакия
  • Румыния
  • Б жолламасы жеңимпазы

F топары:

  • Түркия
  • C жолламасы жеңимпазы
  • Португалия
  • Чехия

Турнирдиң ашылыўында майдан ийеси Германия  Шотландияға қарсы ойынға түседи.

Ал, А жолламасы ушын болса, Польша Эстонияға, Уэлс Финляндияға қарсы ойнайды ҳәм усы ушырасыўлардың жеңимпазлары өз-ара және бир ойын өткерип, онда жеңип шыққанлар А топарынан орын ийелейди.

Б топарынан орын алыў ушын болса, Израиль — Исландия, Босния ҳәм Герцоговина — Украина, C топарынан орын алыў ушын Грузия — Люксембург, Греция — Қазақстан сайланды командалары өз-ара гүрес жүргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.