Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ерлер арасында волейбол бойынша Қарақалпақстан кубоги жарысы болып өтти.

Оған республикамыздағы ең күшли волейбол командалары қатнасты. Кескин беллесиўлерге бай болған ойынлар соңында Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, Қарақалпақстан кубогиниң жеңимпазына айланды.

Ал, екинши орын Тахтакөпир районы командасына несип еткен болса, үшинши орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жеңип алды.


Жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медаль ҳәм дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы