Олсыз сен кимсең?..
Олсыз сен ҳеш ким емессең…
Мен сенсиз жасай алмайман… Гейде сени тәрийиплеўге сөзим жетпей қалады. Ыңылдап сөйлей алмайман-да.
Жаслығымда ҳәм ҳәзир де сен ҳаққында түрли пикирлер айтылып басланды. Анаў деди, мынаў деди. Билмедим, қайсысы ҳақыйқат екенин. Бәршеси жалған, бәршеси өтирик-өсек…
Қәлбим қуяшы! Суў киби сиңип жоқ болып кетпеши! Оның ушын не ислеўимиз керек??? Әлбетте, саған өрнек болыўымыз зәрүр. Бул зәрүрликти жүрегимиздиң төринде сезиниўимиз шәрт!
Олсыз сен ҳеш ким емессең…
Мен баламан, мен жаспан, мен адамман, мен киммен өзи???
Өзиме-өзим сораў берип атырман.
Сениң қәдириңе жеттик пе? Яқ, жетпедик. Қәдириңди аяқ асты еттик. Сени умыта жазладық, сеннен алыслай басладық, жақсы көрмедик, жараңа дуз септик, жалған сөйледик. Билмедим, бәлким сени умытқан шығармыз. Сеннен жырақ кетиў биз ушын гүнә. Гүнәмызды кеширгейсең.
Сениң қәдириңе жетиў ушын залды толтырып жыйналыс өтериў шәрт пе?!
Сени умытпаў ушын илаж өткериў керек пе?!
Сен быйыл және бир жасқа улғайдың. Сен бүгин басқа дүньяға түсип қалдың. Бул – шәмензарлыққа бүркенген бир гөззал бағы-бостан. Сени ҳеш ким таслап кеткиси келмейди. Сен өмиримиздиң шырағысаң, халқымыздың мақтанышысаң. Усы жерде баяғы берилген сораўдың жуўабы табылды.
Сен мениң Ана тилимсең!
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги