Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ҳаял-қызлар арасында волейбол бойынша Қарақалпақстан кубоги жарысы болып өтти.

Оған республикамыздағы ең күшли волейбол командалары қатнасып, жарыс жуўмағында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы Қарақалпақстан кубогиниң жеңимпазына айланды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы ҳәм Нөкис қалалық 1-санлы спорт мектебиниң командалары ийелеўге миясар болды.



Жарыс соңында жеңимпаз командалар кубок, медаль ҳәм дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы