Республикада болыўы мақул емес деп табылған шахслардың дизими қәлиплестириледи. Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРН-998-санлы, 15.11.2024 ж.) меен «Өзбекстан Республикасында сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқықый жағдайы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Нызам менен Өзбекстан халқының абырайын, ар-намысы, тарийхын кемситиўши ғалабалық шығыўлары яки ҳәрекетлерди әмелге асырған сырт ел пуқараларының ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың «Өзбекстан Республикасында болыўы мақул емес деп табылған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар дизими»не киргизилиўин нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сырт ел пуқарасын яки пуқаралығы болмаған шахсты Дизимге киргизиў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Кеңесиниң, Сенаты Кеңесиниң, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымларының усынысы тийкарында әмелге асырылады.
Дизимге киргизилген сырт ел пуқарасының яки пуқаралығы болмаған шахстың Өзбекстан Республикасы аймағына кириўине жол қойылмайды.
Дизимге киргизилген шахс хабарнама алған күннен баслап он күн ишинде ықтыярлы түрде Өзбекстан Республикасынан шығып кетиўи керек.
Егер Дизимге киргизилген, мақул емес шахс көрсетилген мүддет ишинде ықтыярлы түрде Өзбекстан Республикасынан шығып кетпесе, бул шахс депортация етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги