Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасынының «А», «В», «С» ҳәм «Д» топарларында 5-тур ойынлары болып өтти.

Мадрид қаласында өткерилген ойында Карло Анчелотти басшылығындағы «Реал» футболшылары Италияның «Наполи» клубына қарсы майданға түсип, мийманларды 4:2 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Мадридлилер қурамында бул ойында Родриго, Жуд Беллингҳем, Нико Пас ҳәм Хоселулар гол урыўға ерискен болса, италиялылардан Жованни Симеоне ҳәм Франк Ангиссалар «Реал» дәрўазасын анық нышанға алыўға еристи.

«В» топарында болса, Лондонның «Арсенал» клубы Францияның «Ланс» клубы менен ушырасып, оларды 6:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Бул ойында өзбекстанлы Абдуқодир Хусанов «Ланс» қурамында өзиниң дебют ойынын өткерди ҳәм 63-минутта сары карточка менен жазаланды.

«А» топарында ойнап атырған Англияның «Манчестер Юнайтед» клубы болса, Түркияға сапар етип, «Галатасарай» менен 3:3 есабында ойнады ҳәм өзиниң кейинги басқышқа шығыў имканиятын және де төменлетип жиберди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул топарда «Бавария» клубы өткерилген 5 турдан соң 13 упай менен кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизиўге еристи. Ал, «Копенгаген» ҳәм «Галатасарай» клубларында 5, «Манчестер Юнайтед»те 4 упай бар.

«Д» топарында болса, Миланның «Интер» клубы  «Бенфика» менен ушырасып, өз-ара 1 упайдан бөлисип алды ҳәм 11 упай топлаған Италия клубы «Реал Сосьедад» пенен бирге келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы