Кеше Европаның бир қатар қалаларында УЕФА чемпионлар лигасының 5-турынан орын алған бир қатар қызықлы ойынлар болып өтти.

Милан қаласында болып өткен ойында Италия чемпионы «Милан» Германияның «Боруссия-Дортмунд» клубы менен ойнап, оған күтилмегенде 1:3 есабында жеңилип қалды.

Ал, Англияның «Ньюкасл» ҳәм Францияның «ПСЖ» клублары арасындағы ушырасыў болса, 1:1 есабы менен жуўмақланды.

Бул турдан соң «Боруссия Дортумунд» клубы «F» топарында 10 упай менен жетекшилик етип келмекте. 2-орында киятырған «ПСЖ» клубында болса 7, «Ньюкасл» ҳәм «Милан» клубларында 5 упайдан бар.

Енди 6-турда «ПСЖ» «Боррусия» менен, «Ньюкасл» «Милан» менен турнирдиң келеси басқышының жолламасы өз-ара гүрес жүргизеди.

«G» топарында, «Манчестер Сити» Германияның «Лейпциг» клубы менен ушырасып, немис клубын 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм турнирдиң келеси басқышына жолламаны қолға киргизди.

«H» топарында болып өткен ойынларда болса, «Барселона» «Порту»ды 2:1, «Шахтёр» Белгияның «Антверпен» клубын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Бул жеңистен соң, «Барселона» өзиниң упайлар санын 12 ге жеткерип, топар жетекшисине айланды. Ал, «Порту» ҳәм «Шахтёр» клублары болса, 9 упай менен кейинги орынларды ийелеп келмекте. Тилекке қарсы, өткерилген 5 турдан соң «Антверпен» есабында елеге шекем улыўма бирде-бир упай жоқ.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы