Ҳәзирги ўақытта орынларда банк тараўы қәнигелериниң қатнасыўында қаржы мәселелери, жеңиллетилген банк кредитлеринен пайдаланған ҳалда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў жоллары, оны халыққа жеткериў бойынша түсиниклер бериў мақсетинде ушырасыўлар, семинар-тренинглер өткерилмекте.

Қараөзек районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының қәнигелери ҳәм Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте семинар-тренинг өткерилди.

Семинарда қатнасыўшыларға тийисли қәнигелер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманының орынланыўы, коммерциялық  банклерде сақланатуғын аманат түрлери ҳәм  шаңарақлық исбилерменликти  жолға қойыў бойынша мағлыўматлар берилди.








Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет – исбилерменлердиң банк системасындағы машқалаларын шешиў ҳәм экономикалық жақтан раўажланыўы ушын олардың финанслық билим дәрежелерин арттырыў болып есапланады.

Усы мазмундағы семинар-тренинг  Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде де өткерилди.

Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги