Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарары республикамызда жасаўшы кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың машқалаларын шешиўде үлкен жәрдем беретуғын ҳүжжет болды. Усы қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың жәрдеминде Нөкис қаласындағы ҳәм басқа бир қатар районлардағы жәми 261 мәҳәлледеги 224115 шаңарақтың 14332 турақ жайы оңлаўдан өткерилиўи режелестирилген. Соннан, 13709 турақ жайдың шиферланыўы, 623 турақ жайдың қайтадан салыныўы белгиленген.

Бул Қанлыкөл районындағы 11 өзин-өзи басқарыў уйымларында жасаўшы 774 аўыр шараятта  жасаўшы шаңарақлардың да көп жыллық мүшкилин жеңил ететуғын айрықша ҳүжжет болды.

Соның ишинде, райондағы Жаңа қала АПЖ аймағындағы 80 шаңарақтың турақ жайын шиферлаў режелестирилген болып, соннан аймақтағы 19 жайдың шиферлаў жумыслары баслап жиберилип, ҳәзирги күнде 12 жайдың қурылыс оңлаў жумыслары толық жуўмақланды.

Бул жумыслардың барысы бойынша Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесине усы аймақтан сайланған депутат Д.Абдуллаев  тәрепинен депутатлық қадағалаў жумыслары алып барылмақта.


Депутат объектлерде әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысып, турақ жай ийелери ҳәм қурылысшылар менен сәўбетлесиў өткерип, жумысларды сапалы орынлаў ҳәм жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги