Елимизде соңғы жыллары барлық тараўларда түпкиликли өзгерислер менен жаңаланыўлар әмелге асырылмақта.

Әсиресе,  Президентимиздиң исбилерменлик тараўын еле де раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине барлық қолайлы шараят ҳәм имканиятларды жаратып бериў бағдарындағы пәрман ҳәм қарарларының нәтийжесинде, исбилерменлер елимиздиң экономикалық раўажланыўында шешиўши күшке айланбақта.

Быйыл Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының  шөлкемлестирилгенине 20 жыл толыўы мүнәсибети менен партияның Қанлыкөл районлық Кеңеси  тәрепинен  үгит-нәсият илажы болып өтти.

Онда  түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған исбилермен белсенди ҳаял-қызлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, кейинги жыллары ҳаял-кызлар ҳәм ер адамлар ушын  тең ҳуқық ҳәм имканиятларға ерисиў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик  жумысларды басқарыўда  олардың тең қатнасыўын тәмийинлеў, ҳаял-кызларды социаллық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли  реформалар әмелге асырылды.

Гендер теңлик мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип,  бүгинги күнде жәмийет турмысында ҳаял-қызлардың кирип бармаған тараўы қалмады.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар елимизде кейинги жыллары әмелге асырылып атырған жумыслар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың саламатлығын беккемлеў мақсетинде алға қойылған әҳмийетли ўазыйпалар, партияның «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда исленип атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында ҳаял-қызларымыз арасында ақыл-ойды шынықтырыўшы шахмат ҳәм шашка ойынлары шөлкемлестирилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги