ФОТОРЕПОРТАЖ

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде Өзбекстан мәмлекетлик академиялық рус драма театры жәмәәти Қарақалпақстанда дөретиўшилик сапарда болды.

Нөкис қаласында жайласқан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының сахнасында пайтахтлы жәмәәтиниң Өзбекстан халық жазыўшысы, драматург Еркин Агзам қәлемине тийисли «Тәнҳә қайық» («Одинокая лодка») спектакли рус тилинде тамашагөйлер итибарына қойып берилди.

Спектакль Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, белгили режиссёр ҳәм көркем өнер ғайраткери Валихан Умаров тәрепинен сахналастырылған. Сахна шығармасында Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде регионда пайда болған экологиялық машқалалар, оның пүткил дүнья халықларының турмысына көрсетип атырған унамсыщ тәсири, сондай-ақ, теңиз бойында жасаўшы балықшылардың сағыныш ҳәм мухаббатқа толық туйғылары сүўретлеп берилген.












Бас қаҳарман «Арал баба» ролин Өзбекстан халық артисти, актёр Афзал Рафиқов атқарған. Актёрлер Ш.Исмайлов, Ф.Арипов, С.Шерматов, Ш.Абдуқундузов, С.Ҳасанов, А.Маслов, Р.Маринин, С.Шамсутдинов, А.Бакиров, З.Раимқулова, К.Савченко ҳәм Н.Недоступовалардың атқарыў шеберлиги де тамашагөйлерде жақсы тәсир қалдырды.

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА