Нызамшылыққа бола, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине академиялық дем алыс төмендеги жағдайларда берилиўи мүмкин:

– әскерий хызметти өтеў ушын;

– денсаўлығын тиклеў ушын;

– ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ушын;

– балаларды тәрбиялаў ушын;

– шаңарағының наўқас ағзасын (әкеси, анасы ямаса олардың орнын басатуғын шахслар, өмирлик жолдасы, перзенти) тәрбиялаў ушын.

Студентке академиялық дем алыў берилиўи оны Жоқары оқыў орнынан шетлетиў деп есапланбайды. Студентлерге академиялық дем алыс дәўиринде стипендиялар төленбейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги