Мәмлекетимизде шаңарақтың муқаддеслигин аңлаў, беккемлигин тәмийинлеў мақсетинде  бир қатар илажлар алып барылмақта. МҚХ Шегара әскерий бөлимлеринде де тийисли буйрықларға тийкарланып әскерий хызметкерлердиң шаңарақларындағы машқалаларды үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша жуўапкер әскерий хызметкерлер тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

МҚХ Шегара әскерий бөлимлериниң биринде усындай илаж шөлкемлестирилди.

Илажда шаңарақ беккемлигин тәмийинлеў, ажырасыўларың алдын алыў,  ана ҳәм бала денсаўлығына  айрықша итибар бериў ҳәм медициналық мәдениятты арттырыў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, кеўилсиз ҳәдийселердиң ҳәм ҳәр қыйлы жуқпалы кеселиклердиң алдын алыў мақсетинде әскерий хызметкерлердиң  шаңарақ ағзалары менен биргеликте шаңарақтағы ана-бала саламатлығы ҳәм динде шаңарақтың тутқан орны мәселелери бойынша сәўбетлесиў өткерилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Илажға Республика халық репродуктивлик саламатлық орайы Қарақалпақстан филалынан ҳаял-қызлар шыпакери З.Курбаниязова ҳәм балалар шыпакери Э.Ембергенова, Қарақалпақстан реабилитациялық орайы  психологи Р.Аманова, Министрлер Кеңесиниң Диний ҳәм ҳаял-қызлар мәселери бойынша қәнигеси Х.Ибраимовалар өзлерине тийисли тараўлар бойынша усы мәселелер дөгерегинде әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.



– Тараў ўәкиллери бүгинги күндеги глобал мәселеге айланып баратырған, шаңарақ психологиясы ҳәм бала тәрбиясы, шаңарақта ерли-зайып мүнәсибетлери, ана ҳәм бала саламатлығы, ОИТС ҳәм ОИТВ, балалар арасында салқын түсиўи менен ҳәўиж алатуғын жуқпалы кеселликлерден грипп вирусы, гепатит А, дәри-дәрмақлардан дурыс пайдаланыў ҳәм кери тәсири бойынша тоқтап өтип, баҳалы мағлыўматлар берилди,-дейди МҚХ Шегара әскерлери хызметкери Ҳ.Кдирбаева.

Сәўбетлесиў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған  сораўларға жуўап алды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги