Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы байрағы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған “Муқаддесдур Ўатан байрағы! сүрени астында ушырасыў ҳәм таңлаўлар болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимни жақлады.

Илажда филиал директоры, биология илимлериниң докторы, профессор Ә.Есимбетов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти, юридика илдимлериниң кандидаты Х.Кабулов, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының доценти Р.Қуттымуратова жыйналғанларды байрағымыз қабыл етилген күн менен қутлықлап, ол ҳәр бир елимиз пуқарасы ушын муқаддес екенлигин айрықша атап өтти.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздиң нышанлары қабыл етилген күн тек тарийхта ғана емес, ал кеўлимизде  мөрленип, ашық аспанымызда желбиреп турған байрақ ҳәр биримизде мақтаныш сезимлерин оятады. Шығып сөйлеўшилер байрағымыздың тарийхы, оның әҳмийети ҳәм мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берди.

Илаж шеңберинде студент-жасларда миллий нышанларымызға ҳүрмет сезимлерин және арттырыў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде шығармалар ҳәм плакатлар таңлаўы өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги