18-ноябрь – Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллығына бағышланған «Муқаддесдур Ўатан байрағы» атамасындағы байрам илажын шөлкемлестирди.

Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы директорының оқыў ҳәм методикалық ислер бойынша орынбасары И.Пирниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  мәмлекетимиз байрағының халқымыз тәғдири, елимиздиң раўажланыўында тутқан орны ҳәм әҳмийетиниң қаншелли дәрежеде жоқары екенлигин атап өтти.








Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ғәрезсиз елимиздиң  тымсалларынан бири болған байрағымыз өзлигимизди, ғәрезсизлигимизди аңлатып, ҳәр биримиздиң қәлбимизде ериксиз Ўатанға деген муҳаббатты, мақтанышты пайда етеди.

Ҳақыйқатында да Ўатанымыздың бүгини ҳәм келешегин, гүллеп раўажланыўын, халықларымыздың бирлиги ҳәм татыўлығын, тынышлығын өзинде сәўлелендирген байрағымыз мине 32 жылдан берли, ең жоқары минберлерде мақтанышлы түрде желбиремекте. Бул қутлы сәне мүнәсибети менен өткерилген байрам илажы да халқымыздың мәмлекетимиз байрағына болған шексиз ҳүрмет-итибарын өзинде аңлатыўы менен әҳмийетли болып табылады.

Байрам илажында Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Қарақалпақ  академиялық лицейи ҳәм  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-акедемиялық лицейиниң оқыўшылары тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги