Усы жыл 17-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Заманагөй билимлендириў мәселелери ҳәм келешеклери: Жоқары билимлендириў ҳәм мектеп әмелияты» атамасында республикалық илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция өткерилди.

Конференцияда илимпазлар, институт профессор-оқытыўшылары, тараў ветеранлары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Конференцияны институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы, педагогика илимлериниң докторы (DSc) Қ.Қодиров кирис сөз бенен ашып, конференцияда қаралатуғын мәселелердиң, илимий баянатлардың әҳмийетине тоқтап өтти.

Илажда болажақ муғаллимлердиң кәсиплик шеберлигин  раўажландырыў жоллары, киши мектеп жасындағы оқыўшыларына тәсир көрсетиўде педагогикалық диагностикадан пайдаланыў ҳәм баслаўыш класс оқыўшыларына экологиялық тәлим-тәрбия бериў технологияларын жетилистириў сыяқлы мәселелер додаланды.





Конференцияда әҳмийетли мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли тараў қәнигелеринен жуўап алды.

– Мен конференцияда «Киши мектеп жасындағы оқыўшыларға тәсир көрсетиўде педагогикалық диагностикадан пайдаланыў зәрүриятлары» темасында баянатым менен қатнастым,-дейди институттың билимлендириў мәкемелерин басқарыў қәнигелигиниң 1-курс магистранты Раўшан Алаўатдинова. – Онда мен мектепте муғаллим болып ислеген дәўиримдеги тәжирийбелеримнен келип шығып, баларды оқытыўда инфографикадан пайдаланыў, олар менен жеке ислесиў, ата-аналар менен бирге бала тәрбиясына, оқыўына итибар қаратыў мәселелери бойынша пикир-усынысларымды билдирдим.

Конференциядан алған билимлерим, ондағы пикир-алысыўлар алдағы жумысларымда да унамлы пайдасын береди, деп ойлайман.

Конференция өз жумысын 18-ноябрь күни де секцияларға бөлинип даўам етеди.

 

Айзада Муратбаева,

ҚМУдиң журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги