Өзбекстан “Адолат” СДП сиясий Кеңеси Атқарыў Комитетиниң 2021-жыл 16-августтағы арнаўлы қарарына муўапық республикамыздың қала ҳәм қалаларында “Ўатан келешеги жаслар қолында” жойбары шеңберинде “Конституция билимданы” таңлаўы өткерилмекте.

Жойбар шеңберинде “Адолат” СДП Хожели, Тахтакөпир, Қараөзек, Қанлыкөл, Қоңырат, Кегейли, Елликқала, Мойнақ, Тақыятас, Шоманай районлық Кеңеслери тәрепинен аймақлық басқышлары болып өтти.

Жәмийетте нызам үстинлиги ҳәм турақлылығына ерисиў, еркин демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетти қурыўға жәрдемлесиў, жаслар ортасында ҳуқықый, сиясий тәлим-тәрбияны және де жетилистириў, мәмлекет ҳәм жәмийет басқарыўы туўралы жасларға түсиниклер бериў таңлаўдың  ўазыйпасы болып есапланады. Соның менен бирге олардың белсендилигин тәмийинлеў ҳәм социаллық -ҳуқықый жақтан қоллап-қуўўатлаў, олардың сиясий белсендилигин арттырыў, партияның Уставы ҳәм Сайлаўалды бағдарламасында  белгиленген  ўазыйпалар, Конституциямыз ҳәм әмелдеги басқа нызам ҳүжжетлерин  кеңнен үгит-нәсиятлаў болып табылады.

Таңлаўға кәсип-өнер мектеплери, коллеж ҳәм техникумлар, сондай-ақ,жоқары оқыў орынлары жанындағы академиялық лицейлердиң 2-басқыш оқыўшылары қатнасты. Онда жаслардың Конституциямыз, әмелдеги нызамларымыз, сондай-ақ, партияның Уставы ҳәм сайлаўалды бағдарламасы бойынша билимлери сынақтан өткерилди.



Таңлаў жуўмағы бойынша жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги