Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының басламасы менен тараўдағы ҳаял-қызлардың билим және тәжирийбесин буннан былай да арттырыў, олардың жумыстағы ҳәм шанарақтағы орнын еле де жақсылаў мақсетинде нәўбеттеги аймақлық семинар болып өтти.
Семинарға жуўаплы хызметкерлер менен бирге психолог ҳәм аймақлық ҳаял-қызлар комитети қәнигелери де қатнасты.
Илаж даўамында тараўда ҳаял-қызларға жаратылып атырған шараятлар, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша амелге асырылып атырған илажлар, берилип атырған жеңилликлер, олардың турмыста ҳәм жумыста белсендилигин арттырыў, руўхый-эстетикалық орталығын жақсылаў темаларында сәўбетлесиўлер өткерилди.
Өз-ара ашық-айдын пикир алысыўлар тәризинде өткен семинар көшпели қабыллаў менен даўам етди. Онда тараўда мийнет етип атырған ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилип, оларға шешим табыў бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди .
Усы күни ҳаял-қызлар менен биргеликте Нөкис қаласындағы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине саяхат шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги