Россия Президенти Владимир Путин Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен сөйлесиў өткериў ушын Астанаға рәсмий сапар менен келди. Еки мәмлекет басшылары биргеликте регионлараралық бирге ислесиў әнжуманында да қатнасады.

РФ жетекшисиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песковтың мәлим етиўинше, сөйлесиўлер өз-ара қарым-қатнастың ҳәр қыйлы бағдарларында бирге ислесиўди беккемлеў темасы додаланады. Буннан тысқары, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылады. Сондай-ақ, ушырасыўда Евроазия аймағында интеграциялық бирлесиў шеңберинде биргеликте ҳәрекет етиў менен байланыслы мәселе де көрип шығылады.

Путин ҳәм Тоқаев видео байланыс арқалы Қостанайда болып атырған «Аўыл хожалығы – күшли экономика тийкары» атамасындағы Россия ҳәм Қазақстан регионлараралық бирге ислесиў форумы XIX мәжилисине де жалғанады.  

ӨзА