Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы делегациясы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ)не ағза мәмлекетлер Бас прокурорларының мәжилисинде қатнасыў ушын Қытай Халық Республикасына келди.

Сапар шеңберинде Өзбекстан Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Қытай Жоқары халық прокуратурасы Бас прокуроры Ин Юн менен ушырасты.

Ушырасыўда тәреплер бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайын додалады. Сондай-ақ, оны және де раўажландырыў перспективалары белгилеп алынды.

Илаж жуўмағы бойынша Өзбекстан-Қытай уйымлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде тәреплер Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Қытай Халық Республикасы Жоқары халық прокуратурасы арасында 2024-2025-жылларғ мөлшерленген Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойды.

Өз гезегинде, илаж қатнасыўшылары усы ҳүжжет Өзбекстан ҳәм Қытай прокуратура уйымлары арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғынын атап өтти. Биргеликтеги илажлар арқалы оның әмелий жеделлесиўине түртки болыўына исеним билдирди.

Ушырасыў дослық орталығы ҳәм конструктивлик пикирлесиў руўхында өтти.

Н.Абдураимова,

ӨзА