Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ “Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды Өзбекстан Республикасына шақырыў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында” қарары қабылланды.

Оған бола, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен дәстүрий тәризде көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлер енди электрон көринисте де әмелге асырылады.

Бул қарар менен сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды Өзбекстан Республикасына шақырыў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Регламентте сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы бомаған шахсларды Өзбекстан Республикасына шақырыў ушын Өзбекстан Республикасы Ишки ислер уйымларыныӊ миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери тиккелей яки Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиў тәртиби;

ишки ислер уйымларыныӊ миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлери тәрепинен арзаларды автоматластырылған система арқалы қабыллаў ҳәм көрип шығыў тәртиби ҳәм мүддетлери;

сырт ел пуқараларын шақырыў бойынша QR-код пенен қорғалған усыныснамаларды рәсмийлестириў ҳәм арза бериўшиге усыныў тәртиплери белгилеп берилген.

Еки ай мүддетте усы система, яғный мәмлекетлик хызметтиӊ БИМХП арқалы көрсетилиўи тәмийинленеди.

БИМХПда мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниӊ ҳәр бир басқышында мүрәжатлардыӊ көрип шығылыўын бақлап барыў тәртиби енгизиледи.

Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниӊ белгиленген тәртибине әмел етилиўи бойынша , атап айтқанда, БИМХП арқалы турақлы қадағалаў орнатылады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги