8-9-ноябрь күнлери Ташкентте болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ)не ағза мәмлекетлери саммити алдынан дүньяныӊ жетекши халықаралық басылымларында бул әнжуманныӊ айырықша әҳмийети кеӊ жарытылмақта. Мәселен, Түркияныӊ “Yeni Safak” газетасы саммиитте Президент Режеп Таййип Эрдоғанныӊ қатнасыўын мәлим етти ҳәм додаланатуғын әҳмийетли темалар арасында Палестинаға жедел инсанпәрўарлық жәрдем көрсетиў мәселеси де бар екенлиги атап өтилди.

– Өткен ҳәпте Қазақстанда болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиӊ әнжуманында қатнасқан Түркия Президенти 8-9-ноябрь күнлери Өзбекстанныӊ пайтахты Ташкентте болып өтетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиӊ саммитинде де қатнасады, – делинеди хабарда. –Режеп Таййип Эрдоған делегациялар ушырасыўларында қатнасыўдан тысқары, ағза мәмлекетлердиӊ жетекшилери менен жүзбе-жүз сәўбетлеседи.

Хабар етилиўинше, саммитте ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық ҳәм мәдений бирге ислесиўди күшейтиў илажлары қабыл етиледи.

Регионаллық саўданы жетилистириў, оныӊ ушын ЭБШ саўда питими (ECOTA) ҳәм ағза мәмлекетлердиӊ өзара саўда көлеми 100 миллиард доллардан артыўы мақсетинде саўда тәртибин әпиўайыластырыў стратегиясы бойынша қолланатуғын қураллар да додаланыўы күтилмекте.

Регионда транспорт инфраструктурасын раўажландырыў темасы да күн тәртибинен орын алған. Қалаберди, заманагөй Жипек жолын қайта тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған бирге ислесиўге баҳа бериледи. Түркия жетекшилигиндеги Транс-Каспий басламасы “Орта Шығыс– Батыс коридоры” ҳәм Баку– Тбилиси –Карс темир жол жойбары шеӊберинде әмелге асырылып атырған жумыслар талланды.

С.Раҳимов,ӨзА