Егер ыссыхана гази эмиссиясы тезлик пенен кемеймесе, планетадағы глобал ысыў 2030-жылға барып санааттан алдынғы дәрежеден 1,5°C көтерилиўи мүмкин. Бул ҳаққында “Nature Climate Change” журналында жәрияланған изертлеўде айтылды.

Илимпазлардыӊ ескертиўинше, 2029-жылға барып карбонат ангидрид (CО2) эмиссиясы кемеймеўи бул итималды 50 процентке жеткереди. Бул Париж климат келисиминде шегара сыпатында белгиленген муғдар. Ыссылық артып кетпеўи керек, себеби бул жағдай планета ҳәм адамлар ушын қәўипли ақыбетке алып келеди.

Изертлеўдиӊ авторы Робин Ламболл сөзлерине бола, нәтийже адамзат ҳаўа- райы температурасын 1,5°С дан төмен услап турыў ушын жетерли ҳәрекет етпей атырғанын тастыйықлайды.

Изертлеўшилер муздын ериўи, метан шығыўы ҳәм океан циркуляциясыныӊ өзгериўи сыяқлы тәсирлер себепли климат ысыўында даўам етиўи мүмкин, деген жуўмаққа келди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги