Кеше түнги саатларда АҚШ Мэн штатының Льюистон қаласында жүз берген қураллы соқлығысыў нәтийжесинде 22 адам атып өлтирилген.

Мэн штаты орайлық медицина орайының жергиликли емлеўханасына 60 тан аслам жараланған адамлар келтирилди, деп хабар берди Fox News телеканалы.

Жергиликли ҳәкимият халыққа мүрәжат етип, «тоқтаған жеринде жасырынып отырыў» ҳәм «есиклерди қулпырып, үйде қалыў»ға шақырды.

Мэн штатының губернаторы Жанет Миллс «халықты мәмлекет ҳәм жергиликли ҳуқық қорғаў уйымларының көрсетпелерине толық әмел етиўди» сораған.

Оқ атыў қаланың үш жеринде – Schemengees Bar and Grille рестораны, Walmar дүканы ҳәм Sparetime Recreation кеўилашар орайда жүз бергени айтылады.

Мэн штаты полициясының хабарына бола, 36 мың адамлық Льюистон қаласында болып өткен. Жынаятшы адамларға тоқтамастан оқ атқан.

Мэн штаты полициясы жынаят ислеўде гүманланып атырған шахстың еки фотосүўретин жәриялаған.

ӨзА