Парламенттиӊ төменги палатасы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасыныӊ айрым нызам ҳүжжетлерине пуқаралардыӊ ижара қатнасықлары ҳәм пенсия тәмийнаты бойынша ҳуқықларын беккемлеўге қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда бәнтпе-бәнт көрип шығылды.

— Бул нызам жойбары менен “Ижара ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына ижарашы майып болып қалғанлығы жағдайы ижара шәртнамасын тоқтатыў ушын тийкар болыўын бийкарлаўды нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте,- деди Нызамшылық палатасыныӊ Мийнет ҳәм социаллық мәселелер комитетиниӊ баслығы Мавлуда Хўжаева. — “Пуқаралардыӊ мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында”ғы нызамда пенсионерлерге есапланған, бирақ, олар тәрепинен талап етилип алынбаған пенсияларды алыў мүддети еки есеге, яғный он еки айдан жигирма төрт айға шекем созылыўы, пенсиялардыӊ көлеми жыл даўамында товарлар ҳәм хызметлердиӊ тутыныў баҳалары индекси дәрежесиниӊ өсиў пәтлери есапқа алынған ҳалда арттырып барылыўы нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, еркинен айырылған дәўирде қамақтағылар тәрепинен әмелге асырылған жумыс дәўири пенсия алыў ҳуқықын беретуғын жумыс түри есабында есапқа алыныўы белгиленбекте.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў даўамында жойбардыӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳимийетинен келип шығып, оныӊ аты ҳәм кирисиў бөлимине редакторлық дүзетиўлер киргизилди.  “Ижара ҳаққында”ғы нызамныӊ бир қатар бәнтлеринде өзбек ҳәм рус тиллериндеги текстлерди өз-ара муўапықластырыў мақсетинде редакторлық өзгерислер киргизилди. Бул нызам жойбарыныӊ қабылланыўы пенсионерлердиӊ финанслық абаданлығын арттырыўға, майыплығы болған шахслардыӊ ижара қатнасықларына байланыслы ҳуқықларын және де беккемлеўге хызмет етеди , — деди депутат.










Нызам жойбары депутатлар тәрепинен додаланып екинши оқыўда қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА