ХАМАС- Израиль
Египет Президенти Абдул Фаттох ас-Сисидиң басламасы менен Каирда 21-октябрь күни Палестина машқаласына бағышлап өткерилетуғын регионаллық саммитте 30 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкем ўәкиллери қатнасады, деп хабар берди «Al-Qahera al-Ihbariya» телеканалы. Қатнасыўшылар арасында БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Греция, Италия, Кипр, Түркия ҳәм бир қатар араб мәмлекетлериниң жетекшилери атап өтилген.
Денсаўлықты сақлаў шөлкеми бүгин Египет тәрепинен Газа секторына гуманитарлық жәрдем жеткериў ушын «Рафах» қадағалаў пунктиниң ашылыўын қоллап-қуўатлайды, деди структураның Бас директоры Тедрос Аданом Гебрейесус.
«CNN» телеканалы да Египет 20-октябрь күни «Рафах» шегара пунктин ашатуғыны ҳаққында хабар берди.
ХАМАС бүгин дүнья жүзи араблары ҳәм мусылманларына Газа секторы оққа тутылыўын тоқтатыў шақырығы менен көтерилис өткериў бойынша мүрәжат етти.
«22-октябрь Газа балалары менен тилеклеслик күни болыўын қәлеймиз», делинеди билдириўде.
Палестинаның Россиядағы елшиси Абдул Ҳофиз Нофал Газа секторында қайтыс болғанлардың 65 проценти ҳаял-қызлар ҳәм балалар, деп мәлим етти. Кейинги мағлыўматларға қарағанда, Газада 4 мың әтирапында палестиналы өлтирилген, 13 мыңға шамалас инсан жарақатланған.
«Bloomberg» агентлигиниң дәреклерине сүйенип хабар бериўинше, АҚШтың басымы менен Израиль режесине өзгерис киргизип, қурғақлықтағы әскерий әмелиятты тоқтатыўы мүмкин.
Америка ҳүкимети «Израиль басқыны кризисти еки фронтқа бөлип жибериўи ҳәм қарама-қарсылыққа Иран араласып қалыўынан қәўетерде», деп қосымша еткен агентлик.
Газа секторына ҳүжим ақыбетинде римлердиң Муқаддес Порфирия православ ширкеўи жарылған, бир қыз ҳәм бир неше адам жарақатланған. Бул ҳаққында Грецияның «ERT-1» телеканалы мәлим етти. Пулемёт атыспасында Ливан қубласындағы шегарада бир журналист өлтирилген, деп жазды «Reuters».
АҚШ ҳәзирги ўақытта Израиль ҳәм ХАМАС арасында дәлдалшылық етиўдиң орны емес, деп биледи. Бул ҳаққында Мәмлекетлик департаменттиң баспасөз хызметиниң баслығы Мэттью Миллер билдирди. Ол журналистлерге Гутерриштиң Жақын Шығыста оқ атыўды кескин тоқтатыў ҳаққындағы шақырығынан бас тартып, «Бул бизиң сиясат емес, биз Израильдың өзин қорғаў ҳуқықын қоллап-қуўатлаймыз», деген.
Президент Жо Байден даўам етип атырған кескин кризиске қарамастан, кейинги күнлерде екинши рет Жақын Шығыс машқаласын еки мәмлекеттиң қарары менен шешиўге шақырды.
– Израиль ҳәм Палестина халқы қәўипсиз, тыныш жасаўға ҳақылы, – деди ол Ақ үйдеги шығыўында. Мәмлекет басшысы Израиль ҳүкиметин «ғәзептен соқыр болып қалыўдан» ескертти.
Америка тәрепи, дерлик, ҳәр күни ҳаўа ҳүжиминен қорғаў системасы, авиабомба, снаряд ҳәм басқа да қураллар менен Израильға әскерий жәрдем көрсетпекте. Бул ҳаққында АҚШ Қорғаныў министрлиги баспасөз хызметиниң баслығы Патрик Райдер мәлим етти.
Вашингтонның өз гегемонлығын әмелге асырыў ушын Европа, Жақын Шығыста алып барып атырған жаласы, сондай-ақ, Америка ишки сиясаты ақыбетинде мәмлекет «толық тәртипсизлик» қәўпи астында. Қубла Корея Орайлық телеграф агентлиги редакциясында былай делинген.
«АҚШ администрациясының сыртқы тәсири ҳәм абырайы ири мәмлекетлер ҳәм аўқамласлары менен жаңа қарама-қарсылық, кризис себепли барған сайын түсип бармақта», делинеди билдириўде.
Аброр ХОН, ӨзА