Күни кеше Таиландтыӊ Бангкок  қаласында Азия бокс федерациясыныӊ гезексиз конгреси болып өтти.

Бул конгрессте Азия бокси дөгерегиндеги түрли мәселелер көрип шығылды. 2022-жылы Азия регионында болып өткен барлық беллесиўлердиӊ есабатлары усынылды.

Қуўанышлы тәрепи, Өзбекстан бокс федерациясы өткен 2022-жылы медальлар топлаў бойынша Азия континентиниӊ “Жыл федерациясы” деп тән алынды ҳәм Азия бокс конфедерациясы тәрепинен арнаўлы сыйлық пенен сыйлықланды.

Бул сыйлықты Өзбекстан бокс федерациясы баслығыныӊ мәсләҳәтшиси Малик Бабаев қабыл етип алды.

Т.Рўзиев, ӨзА