Ташкенттеги «Темиржолшылар мәденият сарайы»нда Өзбекстандағы биринши профессионал вокал мектеби – «Пиязов академиясы»ның ашылыў мәресими болып өтти. Мәресимде академияның көркемлик жақтан басқарыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Жеңисбек Пиязов ҳаққында улыўма мағлыўмат берди.
– Негизинде, бул академияны ашыў идеясы еки жыл алдын пайда болған еди,-деди Жеңисбек Пиязов. – Академияда үш бағдар бойынша сабақ өтиледи. Бириншиси, классикалық бағдар – опера болып есапланады. Бул бағдарда 10 оқыўшы қабыл етиледи. Екиншиси, эстрада ҳәм мақам бағдары. Үшинши бағдар болса баслаўшыларға мөлшерленген болып, сөйлегенде тез шаршап қалмаў, даўыс техникасы үйретиледи.
«Пиязов академиясы»нда Италиялы белгили операшылар да сабақ береди. Сондай-ақ, ҳәр жылы бир ямаса еки оқыўшы грант тийкарында Италияға оқыўға жибериледи.
Қалаберди, 40 адамнан ибарат «Браво» оркестри де академия менен бирге ислесиўи күтилмекте.
А.Рустамов, ӨзА