Пайтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Бул абырайлы илаж қатнасыўшылары дәслеп Ташкент қаласындағы «Жазыўшылар қыябаны»нда болып, усы саўлатлы қыябан мысалында мәмлекетимизде ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыў процесслери менен танысты.








«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайындағы салтанатлы илаждың ашылыўында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова шығып сөйлеп, мәмлекетимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар бүгин мисли көрилмеген көлемге ийе екенин атап өтти. Бул бағдарда мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм оқыў бағдарламаларын жәҳән үлгилери дәрежесинде жетилистириў, Президент мектеплериндеги алдыңғы оқыў методикаларын ҳәм тәжирийбелерди улыўма билимлендириў мектеплеринде де ғалаба ен жайдырыў, педагоглардың кәсиплик билим ҳәм потенциалын және де жоқарылатыў, муғаллимшилик кәсибиниң жәмийеттеги абырайын арттырыў бағдарында кең көлемли жаңаланыў процесслери болмақта. Булардың барлығы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўин сапа жағынан және де жоқарылатыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз тәрепинен билимлендириўге қаратылып атырған үлкен итибар жәмийетимизде болып атырған жаңаланыў процесслериниң және де жедел болыўына зор түртки бермекте. Жаңаланған Конституциямызда муғаллим статусын және де жоқарылатыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылған.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўын Президент Администрациясының Социаллық раўажланыў департаменти басшысы Одил Абдураҳмонов оқып еситтирди.

Илажда соңғы жыллары педагог кадрлар ушын елимизде мисли көрилмеген имканиятлар жаратып берилгени айрықша атап өтилди. Соның ишинде, билимлендириў тараўы хызметкерлериниң орташа мийнет ҳақысы 2 есеге арттырылды. Педагог хызметкерлер тәрепинен жүргизилип атырған ҳүжжетлер саны кескин азайтылды. Муғаллимлердиң абырайы, жәмийеттеги дәрежесин күшейтиўге, олардың ҳақ-ҳуқықларын және де көбирек қорғаўға қаратылған бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Соның менен бирге, билимлендириў шөлкеми педагог хызметкериниң кәсиплик жумысына нызамға қайшы түрде араласыў ямаса өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўға тосқынлық етиў ушын да ҳәкимшилик жуўапкершилик күшейтилди.

Елимиздиң билимлендириў мәкемелеринде сабақ берип атырған устазлар, сондай-ақ, сырт ел педагогларының үлкен топарына «Халық билимлендириўи ағласы», «Халық билимлендириў пидайысы» көкирек белгилери тапсырылды.




















– Жаңа Өзбекстанымыз күн сайын раўажанбақта,-деди Өзбекстан Қаҳарманы, ҳүрметли муғаллим Анор Маҳмудова. – Бул бағдардағы өзгерислер нәтийжеси мәмлекетимиз басшысының жанкүйерлиги себепли, деп билемен. Жаңа Өзбекстанда билимлендириў тараўында да кең көлемли реформалар алып барылмақта. Булардың бәринен биз қуўанбай, ким қуўансын!

– Мен балалықтан муғаллимлердиң жәмийетке тәсириниң қаншелли үлкен екенин сезип үлкейдим,-деди «Жаңа Өзбекстан» университетиниң ҳүрметли президенти Вольфанг Антон Ҳеррманн. – Әкем муғаллим болған, ол оқыўшыларға жүдә мулайымлық пенен қатнаста болыў керек екенлигин көп айтатуғын еди. Өзбекстанда билимлендириўге, жасларға қаратылып атырған итибар алғысқа ылайық. Оқытыў системасындағы реформалар «Жаңа Өзбекстан» университети, Президент мектеплери мысалында анық көзге тасланады.

– Бир неше жыллар алдын франциялы кәсиплеслер менен танысып қалған едим,-деди Өзбекстан Қаҳарманы ҳүрметли муғаллим Мухаббат Шарофова. – Олар елимизде муғаллимлер «Өзбекстан Қаҳарманы» атағына ерискенинен жүдә таң қалған еди. Мен муғаллимлери қаҳарман дәрежесине көтерилген усындай үлкеде жасап атырғанымнан оғада мақтанаман.

Салтанатлы илажда мәмлекетимиздеги жаңаланыў процесслери, устазларды қәдирлеў, жасларға қаратылып атырған итибар, тыныш ҳәм абадан күнлеримизди жырлаўшы нама-қосықлар жаңлады.

Назокат УСМОНОВА,

Муродхан ХЎЖАЕВ,
ӨзАның хабаршылары