Бүгин Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынлары Өзбекстан Республикасының спорт делегациясы ушын оғада әўметли келди.

Атап айтатуғын болсақ, Шахмурод Холмуродов ҳәм Нурислом Тўхтасин улынан ибарат жуплық 1000 метр аралыққа каноеда ескек есиў бойынша  барлық қарсыласларынан озып шығып, алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Сондай-ақ, белгили велоспортшы Ольга Забелинская индивидуал велошоссе жарысында өзиниң  теңсиз екенлигин көрсетип, биринши орынды ийелеўге еристи.

Ал, ҳаял-қызлар футболы бойынша ярым финалға жоллама алған мәмлекетимиз сайланды командасы ағзаларының ойыны бүгин Ташкент ўақты менен саат 15:00 де болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы