Ханчжоуда өткерилип атырған Азия ойынларының бүгинги күни қылышласыў спорты бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ушын оғада әўметли келди.

Атап айтатуғын болсақ, Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева, Лара Херрера ҳәм Паола Плиегодан ибарат сайланды командамыз ағзалары қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша Япония сайланды командасын жеңип шығып, Азия ойынларының чемпионы атағына миясар болды.

Жас спортшыларымыздың бул жеңиси «1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»  байрамына мүнәсип саўға болды, деп айтсақ болады.

Көз айдын, әзиз спортшы қызлар!

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы