Азия ойынлары -2022 жарысларының бүгинги беллесиўлеринде қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша қатнасып атырған Өзбекстанның қызлар сайланды командасы шерек финальда Сингапурлы қызларды жеңилиске ушыратып, ярым финаль жолламасын қолға киргизгени ҳаққында хош хабарды жәриялаған едик.

Жаңа ғана Өзбекстан ҳәм Қытай сайланды командасы арасында ярым финаль ушырасыўы өз жуўмағына жетти ҳәм онда мәмлекетимиз қызлары майдан ийелерин жеңип шығыўға еристи.

Енди командамыз ағзалары финаль беллесиўинде япониялы қызлар менен алтын медаль ушын гүрес алып барады.

Итибарлы тәрепи сонда, бул сайланды команда қурамында қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар ҳәрекет етпекте. Япония менен финал беллесиўи Ташкент ўақты менен саат  15:00де басланады.
Қызларымызға және де әўмет яр болыўын тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы