Қарақалпақстанныӊ Қоӊырат районында гүрес бойынша республика ашық турнири болып өтти.

Турнирде барлық районлардан тысқары Хорезм ўәлаятынан 50ге шамалас палўан қатнасып, бес салмақ категориясында гилемге түсти.

Қызғын беллесиўлер жуўмағында Хорезм ўәлаятынан Жалолиддин Одамбоев (66кг), Иззатулла Раҳимбоев  (81кг), сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасыныӊ Қоӊырат районынан Менлибек Йўлдошев (73кг), Эргаш Айтбоев (90кг) ҳәм Шоманай районынан Мийирбек Абдихаликов (+ 90кг) жеӊимпаз болды.

Беллесиў жеӊимпазлары ҳәм белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.







Мақсет Ҳабибуллаев (сүўрет), ӨзА