27-сентябрь күни Хожели районындағы  Таскѳпир мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң мини футбол стадионында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамына бағышланып 2010-жылы туўылған жас өспиримлер арасында спорттың мини футбол түринен  жарыс ѳткерилди.

Кескин беллесиўлерге бай болған ойынлар жуўмағында, Хожели районы спорт мектеби командасы 1-орынды, 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы 2-орынды, Хожели районы спорт мектебиниң екинши командасы ҳәм 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командасы 3-орынды ийелеўге миясар болды.


-Жарысты ѳткериўдеги тийкарғы мақсет, муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамын кең түрде белгилеў, олардың саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы, қызықлы етип ѳткериў, балалар арасында мини футбол спортын раўажландырыў ҳәм спорт мектебиниң сайланды командасына қәбилетли ойыншыларды таңлап алыўдан (селекция) ибарат,-дейди спорт мектебиниң тренери Ж. Нуржанов болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы диплом ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы