Ханчжоу-2022 XIX Азия ойынларында қатнасып атырған спортшыларымыздан таэквандошы Улуғбек Рашитов -68 кг салмақта алтын, -67 кг салмақ бойынша Феруза Содиқова гүмис медальды қолға киргизгени ҳаққында мағлыўматларды жәриялаған едик.
Сондай-ақ, бүгин шахматшыларымыздан Нодирбек Абдусаттаров гүмис, Жавоҳир Синдоров қола медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, қылышласыўдың рапира бағдары бойынша қатнасқан Өзбекстан Республикасының ерлер сайланды командасы шерек финальда қытайлы спортшылар менен ушырасып, оларға 26:45 есабында жеңилип қалды.
Соның менен бирге, гандбол бойынша елимиздиң ерлер командасы өзиниң топарындағы екинши ойынын өткерип, онда Бахрейн сайланды командасынан 25:47 есабында жеңилип қалды.
Бул жарысларда өзлериниң жоқары шеберликлерин көрсетип атырған дзюдошыларымыз микст беллесиўлеринде финальға шекем жетип келип, онда Япония сайланды командасы ағзаларына жеңилип қалды ҳәм Азия ойынларының гүмис медаль ийесине айланды.
Жарыслар даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы