«Мәҳәлле жетилиги» жумысын биргеликте шөлкемлестириўде мәҳәлле баслықларының ўәкилликлери кеңейтилди.

Бул ҳаққында президент мәжилисинде мәлим етилди.

Ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, салықшы ҳәм социаллық хызметкердиң айлық мийнет ҳақысы мәҳәлле баслығы тәрепинен тастыйықланады.

Сондай-ақ, мәҳәлле баслығы «жетилик»ти хошаметлеў ямаса оларға интизамый жаза илажларын тайынлаў бойынша олардың жоқары мәкемесине усыныснама киргизиў ўәкиллигине ийе болады.

Еслетип өтемиз, алдынырақ мәҳәлле «жетилиги»ниң ўазыйпалары белгиленген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги