26-сентябрь күни Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларында Өзбекстан Республикасының спорт делегациясы 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 5 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтатуғын болсақ, дзюдошыларымыздан Музаффарбек Тўрабоев алтын медальды жеңип алған болса, -90 кг салмақта қатнасқан Давлат Бобоновқа гүмис медаль несип етти. Соның менен бирге, оқ атыў спорты бойынша Жавоҳир Соҳибов, Мухтасар Тохировалар да екинши орынды ийелеўге еристи.

Және де дзюдошылардан Алишер Юсупов ҳәм Ирисхан Қурбонбаевалар да қола медалын жеңип алды.

Сондай-ақ, қарақалпақстанлы жас спортшымыз Зайнаб Дайыбекова қылышласыў спортының сабля бағдарында ярым финальға шекем жетип келип, онда болажақ чемпион қубла кореялы спортшыға 14:15 есабында жеңилип қалды ҳәм қола медалын ийелеўге миясар болды.

Бүгин де спорт делегациямыз ағзалары қылышласыў, жүзиў,  таэквандо, киберспорт, үлкен теннис, дзюдо, гандбол, шахмат, суў полосы, бокс ҳәм стол тенниси бойынша беллесиўлерге қатнасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы