stat.uz дыӊ мәлимлеме бериўинше, Республикамызда 2023-жылдыӊ январь-август айларында 60 682 жаӊа киши исбилерменлик субъектлери (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) шөлкемлестирилип, олар экономикалық жумыс түрлери бойынша төмендегише бөлистирилген:

саўда тараўында – 23 363

санаат тараўында – 10 228

аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында  – 6 865

жасаў ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўында – 3 950

қурылыс тараўында – 3 421

тасыў ҳәм сақлаў тараўында – 2 893

мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында – 2 045

денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўында – 1 002

басқа тараўларда – 6 915ти қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги