Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларында қарақалпақстанлы белгили спортшы Зайнаб Дайыбекова қылышласыўдың сабля бағдары бойынша беллесиўлерге қатнасып, ярым финалға шекем жетип келди.

Оғада қыйын ҳәм кескин өткен ярым финал беллесиўинде жас спортшымыз қубла кореялы Жису Юнгқа 14:15 есабында утылып қалды ҳәм мәмлекетимиз спорт делегациясы есабына және бир қола медалды қосып қойды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы