Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларына қатнасып атырған мәмлекетимиз спортшылары өз есабына және бир алтын ҳәм еки гүмис медалды жаздырып қойды.
Атап айтатуғын болсақ, оқ атыў спорты бойынша қатнасып атырған Жавоҳир Соҳибов ҳәм Мухтасар Тохировалар аралас беллесиўлерде финалға шекем жетип келип, онда қытайлы спортшыларға жеңилип қалды.
Сондай-ақ, дзюдо гүреси бойынша -90 кг салмақта қатнасқан Давлат Бобонов та финалға шекем жетип келди ҳәм онда қырғызстанлы Ерлан Шеровқа жеңилип, гүмис медаль менен сыйлықланды.
Ал, -100 кг салмақ категориясында татамиге шыққан Музаффарбек Тўрабоев барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия ойынларының чемпионы атағына миясар болды.
Бул Өзбекстан спорт делегациясының усы жарыста қолға киргизген бесинши алтын медалы болды.
Жарыслар еле қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы