Базыбир топонимлердиң лексика-семантикалық мәнисин анықлағанда географиялық атамалардың терең тарийхый мәниси ашылады. Бундай атамалардан халықтың басынан кешкен яки гүўасы болған қандай да бир ўақыялар ҳаққында мағлыўмат алыў мүмкин. Қоңырат районы территориясына тийисли болған Үстирт кеңислигинде де келип шығыў төркини адамды ойландыратуғын базыбир жер-суў атамалары бар. Биз жумысымызда усылар ҳаққында азы-кем мағлыўмат берип өтпекшимиз.

  1. Ақшолақ. Қоңырат қаласынан арқа-батыста 60 км алыста, «Қырық қыз» поселка пуқаралар жыйынында жайласқан. Ҳәзир бул жерде Uz-Kor Gaz Chemical гигант кәрханасы жумыс ислеп турыпты. Ақшолақта эрамыздың X-XII әсирлерине тийисли Ақшолақдиң деп аталатуғын археологиялық естелик, яғный хабар бериў минарасы табылған. Бул естелик Қарақалпақстан Республикасындағы материаллық мәдений мийрас археологиялық объектлери дизимине киргизилген [1].

Аталмыш мәнзилдиң усылай аталыўына байланыслы мынандай аңыз бар: бир шопанның малларына усы дөгеректе жасайтуғын ақ реңли қасқыр тийе беретуғын болған. Бир күни шопан ақ қасқырға қақпан қурады. Қақпанға түсип қалған қасқыр аяғын шайнап үзип алып қутылып кетеди. Лекин, енди қасқыр үш аяқта шолақ болып қалады, сонда да шопанның аўылын айланшықлап қой-ешкилерин тартып әкетиўди даўам ете береди. Соң сол әтираптағы халық «малға ақ шолақ тийди» деп айта берип, жасайтуғын мәнзилди де усы қасқыр атамасы менен атап кеткен екен [2].

«Ақшолақ» сөзиниң жасалыўына келетуғын болсақ, еки еки келбетликтиң «ақ+шолақ» сөзлериниң биригиўинен пайда болған. Лекин, «шолақ» сөзи келбетлик болғаны менен, усы орында ол атлықласқан келбетлик сыпатында қатнасқан. Яғный, аңызға сүйенетуғын болсақ, «шолақ» деп бул орында бөри нәзерде тутылған.

  1. Пулжай яки Теңгешашқан. Пулжай археологиялық комплекси Қоңырат районының Елабад поселкасынан 8 км арқада, Үстирт платосының шығыс чинкинде жайласқан [3, с. 198]. “Пулжай” яки “Теңгешашқан” атамаларының пайда болыўына байланыслы мынандай аңыз бар. Ертеде усы жерде кәрўан сарайы болған. “Ноғай жолы” деген ат пенен белгили усы кәрўан жолы бойында жайласқан кәрўан сарайда Елмурат ҳәм Абадан исмли ерли-зайыплы өмир сүреди. Олар бийперзент болады. Жасы орта жастан асып, перзентли болыўдан үмити үзилгеннен кейин ерли-зайыплылар кәрўаншы саўдагерлерге хызмет ете баслайды. Ҳәр саўдагерден түскен хызмет ҳақылары оларды байытып жибереди. Байлықты мийрас қалдыратуғын перзентлери болмағаннан кейин Абадан кемпир жез теңгелерин шашып халыққа үлестиреди екен. Бул орынның және бир атамасы “Жезкемпир”. Бул да жез теңгелерди шашқан кемпир исми менен байланыслы, – делинеди аңызларда.

Тарийхый изертлеўлерден мәлим болыўынша, “Гит” яки “Жит” деп аталатуғын монғоллар басқыншылығына шекемги дәўирлерде усы мәнзилде ҳақыйқатында да кәрўан сарайы болған [4, c. 81-88]. Жаўын жаўған күнлери елеге шекем бул жерден теңгелер табылып туратуғынлығы жергиликли халыққа бурыннан мәлим.

“Пулжай” (пулы шашылып атырған орын), “Теңгешашқан” (теңге шашылып атырған жер), “Жезкемпир” (жез теңгелер тарқатыўшы кемпир) – бир мәнзилди аңлатыўшы бул атамалардың барлығы сөзлердиң биригиўи арқалы жасалған: “Пул+жай” (атлық+атлық), “Теңге-шашқан” (атлық+келбетлик фейил), “Жез+кемпир” (келбетлик+атлық).

  1. Барсакелмес. Шайтанқала. Барсакелмес Үстирттиң орайлық бөлиминде жайласқан дуз кәни. Барсакелмес шор көли 21 миллион жыл алдын жоқ болып кеткен Тэтис океанының қалдығы. Дуз кәниниң узынлығы 75 кмге, ени 40 кмге шекем созылады, тереңлиги 30-60 метрди, резерви 105 млрд. тоннаны қурайды. Дуз кәнинен Қоңырат районы аймағында жайласқан «Қоңырат сода заводы»на шийкизат қазып алынады. Барсакелмес деп не ушын аталыўы бойынша мынандай аңыз бар. Онда айтылыўынша, шор көл ишинде Шайтанқала деп аталатуғын әййемги қорған бар. Қорғанда көп муғдарда алтын көмилген. Алтынлар б.э.ш. IV асрда Әййемги Хорезмде ҳүкимдарлық еткен Фарасманға тийисли болған. Неше әсирлерден берли усы алтынларға ийе болыў нийетинде атланған адамлар изсиз ғайып болып, қайтып келмеген. Соның ушын «барсаң, қайтып келмейсең» деген гәп тарқап, Барсакелмеске усылай атама берилген. Әййемги Хорезм цивилизациясын изертлеген алым С.П.Толстов Шайтанқаланың үстинен самолет пенен ушып өтип, бул жерде тарийхый қала орны жоқ екенлигин мәлимледи [5, c. 47].

Жергиликли халық арасында тарқалған және бир аңыз бар, Үстиртте жасайтуғын шопанлар түйелерин усы дуз кәнине кирип кетип қайтып келмеген, түйелерин излеп шыққан шопанларда из-түзсиз жоғалған. “Оларды дуз кәни ишиндеги батпақлықлар тартып кеткен, барсаң қайтып келмейсең” деген гәп тарқап жердиң атамасы усылайынша пайда болған делинеди. Ҳақыйқатында да, көлдиң ишинде айланып жүриў жүдә қәўипли. Көл ишинде жуқа дуз қабығы менен қапланып турған терең шуқырлар баршылық. Ол жерлер көзди ашып-жумғанша белгисиз тереңликлерге тартып алып кетеди. Демек, «барсаң қайтып келмейсең» деген гәпте жан бар.

Өзбекстан ўәлаятлары топонимлерин изертлеген Суюн Қораев «Барсакелмес – Арал теңизиниң суўы азаймастан алдын үлкен атаў болған, ҳәзир ярым атаў. Атаўдың атамасы ҳаққында түрли рәўиятлар бар. Солардан бири ҳақыйқатқа жақыныраў: бурынлары Арал әтирапындағы байлар қыс пайытларында шарўа малларын муз үстинен отлы атаўға айдап апарып, бәҳәрде муз ериў алдынан малларын және атаў жағасына алып қайтар екен. Бир жылы бәҳәр ерте келип муз ерип кеткенлиги себепли маллар сол атаўда қалып кеткен-емиш. Сол сол екен Барсакелмес деп аталып кетипти» [6, 197-б.]. Әлбетте, биз нәзерде тутып атырған Барсакелмес Арал теңизиниң ортасындағы бурынғы атаў емес. Ол атаў Қазақстан тәрепинде қорықхана сыпатында ҳәзир де жумыс ислеп тур. Ал Үстирттеги Барсакелмес бул дуз кәни. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 27-сентябрь күнги 530-санлы қарарына тийкар бул аймақт ада «Барсакелмес» мәмлекетлик буйыртпа қорықханасы шөлкемлестирилди.

“Барсакелмес” те, “Шайтанқала” да сөзлердиң биригиўинен жасалған: Барса (шәрт мейили) + келмес (келбетлик фейил), Шайтан (атлық) + қала (атлық).

Жуўмақлап айтқанда, жер-суў атамаларының келип шығыўы тарийхына терең нәзер салсақ, халқымыздың басынан кешкен тарийхый ўақыялардың сазасы еситилгендей болады. Бул өз нәўбетинде жаңа тарийхый мағлыўматлардың бетин ашыўға себепши болады.

 

СИЛТЕМЕЛЕР:

  1. https://lex.uz/ru/docs/4543266
  2. https://uza.uz/uz/posts/ora-alpo-istondagi-sa-ro-m-zhizasi-07-10-2019
  3. Амиров Ш. Новые данные к археологической топографии Пулжая // История и археология Турана, 2019, №4
  4. Кдырниязов М.-Ш., Амиров Ш., Саипов С.Т., Кдырниязов О.-Ш. Ареологические работы на городище Пульжай // Археологические исследование в Узбекистане, Самарканд, 2012, вып. 9.
  5. Толстов С. Древний Хорезм: Опыт историко-археологического исследования. – М.: МГУ, 1948.
  6. Қораев С. Ўзбекистон вилоятлари топонимлари. – Тошкент: «Ўзбекистон миллий энциклопедияси», 2005.

    Шамшаддинова Саодат Сапарбаевна,

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети еркин излениўшиси

    sshamshaddinova@gmail.ru