Ҳүкимет қарары менен «Диний кеңпейиллик» көкирек белгиси ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Көкирек белгиси менен белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний-жәмийетлик тараўдағы басшылар, жетик илимпазлар, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хызметкерлери, халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық ўәкилханалардың ўәкиллери, сырт ел ғайраткерлери ҳәм илимпазлар сыйлықланады.

Сондай-ақ, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар да көкирек белгиси менен сыйлықланыўы мүмкин.

Көкирек белгиси ҳәр жылы 16-ноябрь – Халықаралық кеңпейиллик күни алдында салтанатлы түрде тапсырылады.

Көкирек белгиси менен сыйлықланғанларға БЕМниң 4 есеси (1 млн. 320 мың сум) муғдарында бир мәртелик төленетуғын ақшалай сыйлық бериледи.

ӨзА