Қытайдың Ханчжоу қаласында өткерилип атырған Азия ойынларының кешеги күни өзбекстанлы спортшылар ушын оғада табыслы болды.

Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан спорт делегациясы 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизип, медаллар саны бойынша улыўма командалық  есапта 5-орыннан 4-орынға көтерилиўге миясар болды.

Соның ишинде , академиялық ескек есиў бойынша Анна Пракатен жеке өзи, Шеҳроз Ҳакимов, Дилшоджон Худойбердиев, Давржон Давронов, Алишер Турдиевлер төрт адамлық қайықта, Муроджон Йўлдошев дзюдо бойынша алтын медалды қолға киргизген болса, академиялық ескек есиў бойынша 4 адамлық қайықта Шаҳзод Нурматов, Шаҳбоз Холмурзаев, Меҳрожбек Маматқулов, Собиржон Сафаролиевлер гүмис, таэквандошыларымыздан Мадинабону Маннопова жеке өзи, Светлана Осипова, Озода Собиржонова, Жасурбек Жайсунов, Шуҳрат Салаев аралас қурамда, дзюдошы Гулноза Матниязова -70 кг салмақта қола медалларын ийелеўге еристи.

Бүгин Азия ойынларының үшинши күнги беллесиўлери даўам етеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы